TGViewer
Channel Public Channel
KRuz.uz |Рәсмий канал

KRuz.uz |Рәсмий канал

@kruzuz

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Rabochiy_akkauunt
Subscribers
40.4K
Photos
8.2K
Videos
2.5K
Links
6.3K
Recent Posts 10 shown
Post #39655 5.46K
⚡️ Оқытыўшылар ушын Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестириледи

Президент Шавкат Мирзиёев билимлендириўдиң барлық басқышларындағы ең алдыңғы педагогларды усы сыйлық пенен хошаметлеўди усыныс етти.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Post #39654 8.03K
❗️ Муғаллимлер ушын жаңа жеңилликлер жәрияланды

Фундаментал пәнлер муғаллимлери ушын жаңа хошаметлеў системасы енгизиледи. Оған бола:

🔹Миллий сертификатқа ийе педагогларға 50 процент үстеме төленеди;
🔹ҳәр жылы 208 район ҳәм қаланың жетекши муғаллимлерине 30 миллион сумнан сыйлық бериледи;
🔹және 1 мың оқытыўшы сырт елде стажировка өтейди;
🔹кеминде 15 жыллық стажға ийе педагоглардың перзентлерине ЖОО контракты ушын процентсиз тәлим кредити ажыратылады;
🔹сырт ел ҳәм миллий сертификат алған оқытыўшылардың имтихан қәрежетлери толық қапланады;
🔹Хорезмий, Ферғаний, Беруний, Ибн Сино, Менделеев атындағы халықаралық ҳәм регионаллық олимпиадалар жеңимпазларын таярлаған педагоглар тиккелей жоқары категорияны алады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Post #39653 6.44K
Баслаўыш класс оқыўшылары ушын да пән олимпиадалары жолға қойылады

Келеси жылдан 4-класслар олимпиадасының районлық басқышында жеңимпаз болған балалар компьютер алады. Олардың устазларына районлық басқыш ушын 10 миллион, аймақлық басқыш ушын 50 миллион, республикалық басқыш ушын 100 миллион сум сыйлық бериледи.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Post #39652 6.33K
❗️Қарақалпақстан жаслары қосымша квота ушын дизимнен өтиўи мүмкин

Мәмлекет комиссиясының тийисли баянына муўапық, 2026/2027 оқыў жылы ушын қарақалпақстанлы жаслар жоқары билимлендириўге кириўде төмендеги 2 қосымша мүмкиншиликке ийе болды.

1️⃣ 1-мүмкиншилик:

2026-жыл 2-6-октябрь күнлери Қарақалпақстанда турақлы жасаўшы ҳәм кириў имтиханларында 68 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсетип, мәмлекетлик ЖООлардың күндизги тәлим формасына төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген жаслар 500 мақсетли қабыллаў параметрлери ушын дизимнен өтеди.

Дизимнен өтиў
my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады. Бунда абитуриентлер студентликке усыныс етилген жоқары оқыў орны ҳәм тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасады.

Дизимнен өткен абитуриентлер өткерилген кириў имтиҳанлары нәтийжесине көре топлаған баллары избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда мақсетли қабыллаў параметрлерине усыныс етиледи.

2️⃣ 2-мүмкиншилик:

Министрлер Кеңесиниң мүрәжатына муўапық Билим ҳәм көнликпелерди баҳалаў агентлиги тәрепинен бакалавриат тәлим бағдарлары кесиминде төлемли-контракт тийкарында ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қосымша 6 500 қабыллаў параметрлери тастыйықланды.

Бунда базалық төлемли-контракт негизиндеги қосымша қабыллаў параметрлери мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына абитуриент ретинде дизимнен өткен Қарақалпақстандағы улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсиплик билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған, өткерилген кириў имтиҳанлары нәтийжелерине көре 56,7 ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер есабынан қәлиплестиреди.

Таңлаў жуўмақлары тийисли жоқары оқыў орынларына белгиленген тәртипте рәсмийлестириў ушын
жеткизиледи.

✅ 👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Post #39650 7.13K
Путин Россиядан Өзбекстанға 1 миллион рубльден (шама менен 11,8 мың доллар) артық нақ пул алып шығыўды қадаған етти

Жаңа пәрманға бола, физикалық тәреплерге Өзбекстан, Әзербайжан, Тәжикстан ҳәм Евроазия экономикалық аўқамы мәмлекетлерине 1 миллион рубльден артық нақ пул алып шығыў қадаған етиледи. Юридикалық шахслар ҳәм ЖЕДлер ушын қадаған етиў суммадан бийғәрез әмел етеди.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Post #39649 7.62K
Өзбекстанда жумыссыз қалғанлар ҳәм бағыўшысын жоғалтқанларға пенсиялар проактив түрде тайынланыўы белгиленди
 
Өзбекстанда 1-ноябрьден айырым жумыссыз пуқараларға жасқа байланыслы пенсия улыўма белгиленген жастан еки жыл алдын проактив түрде тайынланады.
 
2027-жылдан бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы да мүрәжатсиз тайынланады. 2027-жылдан Пенсия қоры пуқаралардан қағаз ҳүжжетлерди қабыл етпейди.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Post #39648 8.65K
«Бул Қарақалпақстан Республикасы жаслары ушын жүдә үлкен итибар болды» - парашахматшы Президент пенен ушырасыўда толқынланыўын жасыра алмады.

Парашахмат Олимпиадасының бронза медалы ийеси Селби Какишова Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўда өзиниң ең үлкен әрманы әмелге асқанын айтты.

«Бүгин ең үлкен әрманым - Сизди көриў несип етти. Мен Сизиң қарақалпақстанлы қызыңыз, перзентиңизбен», -

деди ол.

Селби Какишова Президенттиң жақында Қарақалпақстанға сапарына да тоқтап өтип, бул сапар республика жаслары ушын үлкен итибар болғанын атап өтти.

«Бул Қарақалпақстан Республикасы жаслары ушын жүдә үлкен итибар болды. Қарақалпақстан жаслары атынан Сизге үлкен миннетдаршылық билдиремен»,

- деди парашахматшы.

Ушырасыўда Селби Какишоваға Президент саўғасы сыпатында Volkswagen автомобили, еки бөлмели квартира ҳәм 50 мың АҚШ доллары тапсырылды.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Post #39647 7.93K
😍 Boshlang'ich to'lovlarsiz texnikalarni ajoyib narxlarda xarid qiling!

30-sentabrdan 5-oktyabrgacha texnomart'dan sifatli va rasmiy kafolatga ega texnikalarni boshlang'ich to'lovsiz 6 oy muddatli to'lov asosida xarid qiling!

Hansa mikroto'lqinli pechi — oyiga 134 000 so'mdan.
Braun aerogrili — oyiga 205 000 so'mdan.
Moonx 32" smart televiozri — oyiga 234 000 so'mdan.
Karcher changyutkichi — oyiga 349 000 so'mdan.
Samsung Galaxy A07s smartfoni — oyiga 417 000 so'mdan.
Premier muzlatkichi — oyiga 434 000 so'mdan.
Samsung Galaxy A18 smartfoni — oyiga 482 000 so'mdan.
Haier kir yuvish mashinasi — oyiga 600 000 so'mdan.

🚀 Yaqinlaringizga ham yuboring!

Batafsil ma'lumot texnomart rasmiy saytida!

📞71-209-99-44
Post #39637 6.26K

Forwarded from IT Community of Uzbekistan (Shahrizoda Jurakulova)

➡️▶️◀️🆗⬅️

💚 Nókis, Roadshow'dı kútip alıń!

17-oktyabr kúni IT Community Roadshow qalańızǵa keledi. Bul AI hám IT tarawında karyera qurıwǵa arnalg’an keń kólemli ilajlar dizbegi.

Spikerler hám volontyorlar menen birge IT tarawında óz jolın tabıwdı, ármanındaǵı jumısqa kiriwdi yamasa óz startapın baslawdı qáleytuǵın jaslar ushın master-klasslar hám shıǵıwlar ótkeremiz.

🎤 Nókistegi Roadshow'da sizdi tómendegi temalar kútip tur:
– IT tarawında karyera qurıwda AI'dıń ornı,
– tabıslı startaplardı baslaw,
– sanlı qáwipsizlik, bilimlendiriw hám frilans boyınsha paydalı keńesler,
sonday-aq netvorking, sıylıqlı interaktiv oyınlar hám basqa da qızıqlı is-ilajlar.

Moynaqtan keletuǵın qatnasıwshılar ushın Nókistegi IT Community Roadshow'ǵa biypul avtobuslar shólkemlestiremiz. Orınlar sheklengen, sonıń ushın aldınnan dizimnen ótiń.

🔥 Roadshow'ǵa bot arqalı dizimnen ótiń: https://t.me/itcomuzbot.

❗️Qatnasıw tegin.

💚 Qawenderlerimiz Uzum, Huawei, UZCARD, EPAM hám serikleslerimiz School 21, Women in Tech, OLX, Free.uz, sonday-aq Ájiniyaz atındaǵı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutına minnetdarlıǵımızdı bildiremiz.

🗓 2026-jıl 17-oktyabr (shembi)
⏱️ 10:00–17:00 (túslik hám kofe úzilisleri menen)
📍 Ájiniyaz atındaǵı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutı (4-sanlı oqıw imaratı, Nókis qalası, P. Seytov kóshesi, 2-jay)
🗣 Ilaj tili: ózbek tili

💚 LinkedIn | Instagram | Telegram | YouTube
Post #39626 8.6K
1-октябрь мүнәсибети менен бир қатар қарақалпақстанлылар сыйлықланды

Президент Пәрманына бола:

“Меҳнат шуҳрати” ордени менен

Сарсенгул Сайимова - Қараөзек районындағы 9-улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили пәни оқытыўшысы;

“Дослық” ордени менен

Алмагул Байриева - Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң сиясаттаныў ҳәм руўхыйлық тийкарлары кафедрасы баслығы;

“Мардлик” ордени менен

Кушмуротов Элмурот Журакулович - Инновациялық технологиялар университетиниң шөлкемлестириўшиси;

Нигора Алламбергенова -Қанлыкөл районындағы 2-улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили пәни оқытыўшысы;

“Жасорат” медалы менен

Гүлнар Ембергенова - Нөкис қаласындағы “Бахытлы шаңарақ” шаңарақлық балалар үйи басшысы;

“Келажак бунёдкори” медалы менен

Моҳинур Шукуруллаева - Тақыятас районындағы 6-мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысы.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Older posts →

About this channel

How can I read @kruzuz without a Telegram account?
TGViewer shows the public web preview Telegram publishes for KRuz.uz |Рәсмий канал: recent posts, photos, videos and the subscriber count, with no app, login or account.
How many subscribers does KRuz.uz |Рәсмий канал have?
KRuz.uz |Рәсмий канал (@kruzuz) has 40.4K subscribers on Telegram, refreshed roughly every 30 minutes.
Does KRuz.uz |Рәсмий канал know I viewed it here?
No. Public channel previews carry no viewer identity, and TGViewer has no accounts or tracking of what you look up.
Threads Profile ViewerView any public Threads profile without an account.Open ThreadLook →Writing with AI? Make it sound human.Metric37 rewrites AI drafts so they read naturally. Free AI detector, 1,500 words free.Try Metric37 →