❗️ Муғаллимлер ушын жаңа жеңилликлер жәрияланды
Фундаментал пәнлер муғаллимлери ушын жаңа хошаметлеў системасы енгизиледи. Оған бола:
🔹Миллий сертификатқа ийе педагогларға 50 процент үстеме төленеди;
🔹ҳәр жылы 208 район ҳәм қаланың жетекши муғаллимлерине 30 миллион сумнан сыйлық бериледи;
🔹және 1 мың оқытыўшы сырт елде стажировка өтейди;
🔹кеминде 15 жыллық стажға ийе педагоглардың перзентлерине ЖОО контракты ушын процентсиз тәлим кредити ажыратылады;
🔹сырт ел ҳәм миллий сертификат алған оқытыўшылардың имтихан қәрежетлери толық қапланады;
🔹Хорезмий, Ферғаний, Беруний, Ибн Сино, Менделеев атындағы халықаралық ҳәм регионаллық олимпиадалар жеңимпазларын таярлаған педагоглар тиккелей жоқары категорияны алады.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Post #39654
8.25K
