TGViewer
KRuz.uz |Рәсмий канал KRuz.uz |Рәсмий канал @kruzuz · 40.4K subscribers
Post #39652 8.25K
❗️Қарақалпақстан жаслары қосымша квота ушын дизимнен өтиўи мүмкин

Мәмлекет комиссиясының тийисли баянына муўапық, 2026/2027 оқыў жылы ушын қарақалпақстанлы жаслар жоқары билимлендириўге кириўде төмендеги 2 қосымша мүмкиншиликке ийе болды.

1️⃣ 1-мүмкиншилик:

2026-жыл 2-6-октябрь күнлери Қарақалпақстанда турақлы жасаўшы ҳәм кириў имтиханларында 68 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсетип, мәмлекетлик ЖООлардың күндизги тәлим формасына төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген жаслар 500 мақсетли қабыллаў параметрлери ушын дизимнен өтеди.

Дизимнен өтиў
my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады. Бунда абитуриентлер студентликке усыныс етилген жоқары оқыў орны ҳәм тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасады.

Дизимнен өткен абитуриентлер өткерилген кириў имтиҳанлары нәтийжесине көре топлаған баллары избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда мақсетли қабыллаў параметрлерине усыныс етиледи.

2️⃣ 2-мүмкиншилик:

Министрлер Кеңесиниң мүрәжатына муўапық Билим ҳәм көнликпелерди баҳалаў агентлиги тәрепинен бакалавриат тәлим бағдарлары кесиминде төлемли-контракт тийкарында ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қосымша 6 500 қабыллаў параметрлери тастыйықланды.

Бунда базалық төлемли-контракт негизиндеги қосымша қабыллаў параметрлери мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына абитуриент ретинде дизимнен өткен Қарақалпақстандағы улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсиплик билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған, өткерилген кириў имтиҳанлары нәтийжелерине көре 56,7 ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер есабынан қәлиплестиреди.

Таңлаў жуўмақлары тийисли жоқары оқыў орынларына белгиленген тәртипте рәсмийлестириў ушын
жеткизиледи.

✅ 👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
More from @kruzuz
  1. Sep 30, 2026⚡️ Оқытыўшылар ушын Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестириледи Президен…
  2. Sep 30, 2026❗️ Муғаллимлер ушын жаңа жеңилликлер жәрияланды Фундаментал пәнлер муғаллимлери ушын жаңа…
  3. Sep 30, 2026Баслаўыш класс оқыўшылары ушын да пән олимпиадалары жолға қойылады Келеси жылдан 4-классла…
  4. Sep 30, 2026Путин Россиядан Өзбекстанға 1 миллион рубльден (шама менен 11,8 мың доллар) артық нақ пул…
  5. Sep 30, 2026Өзбекстанда жумыссыз қалғанлар ҳәм бағыўшысын жоғалтқанларға пенсиялар проактив түрде тайы…
  6. Sep 29, 2026«Бул Қарақалпақстан Республикасы жаслары ушын жүдә үлкен итибар болды» - парашахматшы През…
Threads Profile ViewerView any public Threads profile without an account.Open ThreadLook →Writing with AI? Make it sound human.Metric37 rewrites AI drafts so they read naturally. Free AI detector, 1,500 words free.Try Metric37 →